ID | Разработчик | Дата размещения | Дата завершения | Кол-во предложений |
---|---|---|---|---|
3889 | Хокимият Чимбайского района | 12/06/2019 | 27/06/2019 | 0 |
Обсуждение завершено
ЖОЙБАР
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИҢ ШЕШИМИ
«___» ____________ 2019-жыл №____ Шымбай районы
Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў
ҳаққында
Шымбай районы Ишки ислер бөлиминиң 2019-жыл 9-марттағы
11/1078-санлы хатын, район ҳәкимлиги жанындағы жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссияның 2019-жыл 31-майдағы
03-08/4-05/157-санлы баянламасын қарап шығып, Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамы («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами», 2016 йил 3-сон, 23-модда)ның
ХI-бөлимине, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳаққында»ғы Нызамының 25-статьясына муўапық
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н :
1. Шымбай районы Ишки ислер бөлиминиң 2019-жыл 09-марттағы
11/1078-санлы усыныс хаты мақуллансын.
2. Шымбай районы Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы (ДРСУ баслығы Ш.Бекбергенов)на:
- «Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдарья» жолының 4P175-санлы асфальт жолының 100-103-километрлеринде (Көк суў АПЖ орайы);
- 4Н82 автомобиль жолының 1-3-километрлерине (Қамыс-арық АПЖ орайы);
- 4К9 автомобиль жолының 7-9-километрлерине (Тағжап АПЖ орайы);
- 4Н-19В автомобиль жолының 1-километрине (14-мектептиң алды)
3.24 «Жоқары тезлик қадаған» (50 километр) жол белгилерин орнатыў иләжларын көриў тапсырылсын.
3. Бул шешим район ҳәкимлигиниң веб-сайтында ҳәмде «Шымбай ҳаўазы» газетасында рәсмий жәриялансын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Б.Жуманиязовқа жүкленсин.
5. Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди
Шымбай районы ҳәкими П.Ещанов