ID | Разработчик | Дата размещения | Дата завершения | Кол-во предложений |
---|---|---|---|---|
1808 | Совет Министров Республики Каракалпакстан | 09/01/2019 | 24/01/2019 | 0 |
Обсуждение завершено
ЖОЙБАР
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ
Қ А Р А Р Ы
2019-жылға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара төлемлериниң ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳаққында
Өзбекстан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрельдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары талаплары тийкарында, республика аймағындағы бос турған имәрат-қурылмалардан мақсетли пайдаланыў, оларға болған мүтәжди толық тәмийинлеў ҳәмде күтилип атырған қәрежетлер менен кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлердиң ижара төлеминен түсетуғын пайдаларды тәртипке салыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:
1.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрельдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги 2936/02-17-1-санлы усынысы, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги АХ/08-01-32-/3964-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги ММ-3-0/142-санлы «Мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара төлемлердиң ең кем ставкасын анықлаў ҳаққында»ғы келисимлери басшылыққа алынсын.
2.Төмендегилер:
а) Қарақалпақстан Республикасында көшпес мәмлекетлик мүлклерден пайдаланғанлығы ушын 2019-жылда 1 кв. метрге қолланылатуғын ижара төлемлериниң ең кем ставкалары 1 ҳәм 2-қосымшаға муўапық;
б) Ижараға берилетуғын имәратларды ижараға бериўде аймақлық зоналарды есапқа алыў, пайдаланыў қолайлықлары, қоңсылас аймақтан пайдаланыў, қурылыс түрлерине қарап, тийкарғы қураллардың өсиўши коэффициентлери ҳәмде келип түскен ижара төлемлерин бөлистириў тәртиби 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
в) Имәрат ҳәм қурылмаларға қосып салынған, сондай-ақ бөлек ажыратылған майданларда (асфальтланған, бетонластырылған аймақларда, фундаментке ҳәм т.б. қурылмаларға) аймақлық зоналарды есапқа алыў, пайдаланыў қолайлықлары, қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициентлери ҳәм радио, уялы ҳәмде пейдженг байланыс антенналары орнатылғанда пайдаланылатуғын майдан ушын ижара ҳақы төлемлери есапланыў тәртиби 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Мүлкшилик түрине қарамастан барлық министрликлер, мәкемелер, басшылары қала ҳәм районлар ҳәкимликлери өз балансларындағы пайдаланып (ижараға берилип) ҳәм пайдаланбай бос турған мәмлекетлик мүлклери ҳаққындағы мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы мәмлекетлик унитар кәрханасына толық өз ўақтында берилиўин тәмийинлеўде белгиленген тәртипте жеке жуўапкерлиги белгиленсин.
4. Төмендегилер:
а) Мәмлекет мүлкин ижара шәртнамасы дүзбестен ижараға бериў, ижара шәртнамасында ижараға берилген мүлктиң параметрлери ҳәм саны билқастан натуўры көрсетилгенлиги, буның нәтийжесинде ижара төлеминиң жасырылыўына алып келгенлиги анықланған жағдайда, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен сол күннен баслап 3 (үш) күн ишинде белгиленген тәртипте мәмлекет мүлкинен пайдаланған дәўир ушын ижара төлеминиң 2 (еки) есеси муғдарында есапланатуғынлығы ҳәм оны өндириў ушын тийисли ҳүжжетлер баланста сақлаўшыға усынылатуғынлығы;
б) Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик мүлклерди «ноль» ставкада ижараға берилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бийлиги тийкарында әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
5. Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик мүлки есапланатуғын Имәрат ҳәм қурылмаларында жайластырылатуғын бюджет шөлкемлери
ушын ижара төлеми «ноль» ставкада белгиленсин.
6. Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы директоры (Е.Кунназаров)қа:
а) мәмлекет мүлкин ижараға бериўди белгиленген тәртипте шөлкемлестириў;
б) ижараға берилип атырылған мәмлекет мүлкин ҳәм оны ижараға бериўден түсетуғын қәрежетлерди есапқа алыў ҳәм мониторингин алып барыў;
в) ижараға берилетуғын мәмлекет мүлки бойынша мағлыўматлар базасын дүзиў ҳәм жүргизиў;
г) ижара объектлеринен мақсетли пайдаланыўды ҳәм олардың сақланыўы, сондай-ақ ижара төлеми өз ўақтында төлениўин қадағалаў;
д) ижараға берилген мәмлекет мүлкин ҳәр шереклик тийкарында хатлаўдан өткизиў;
е) пайдаланбай бос турған мәмлекет мүлки ижараға берилиўи ҳаққындағы дағазаларды ҳәм ижараға берилип атырылған мәмлекет мүлки дизими жергиликли газеталарда ҳәмде Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының веб-сайтларына жайластырыў;
ж) республика аймағындағы пайдаланбай бос турған имәратлар ҳәм қурылмаларды анықлап, нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға белгиленген тәртипте ижараға бериў ўазыйпалары жүклетилсин.
7. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (Д.Бабажанов), қала ҳәм район ҳәкимликлери, аймақларында ижара мүнәсийбетлерин тәртипке салыў, ижараға берилип атырылған мәмлекет мүлкиниң есабатын туўры жүргизиў ҳәм бюджетке қосымша қәрежетлерди қосыў мақсетинде мәмлекет мүлкиниң баланста сақлаўшылары тәрепинен ижараға бериў нәтийжелигин асырыў ҳәм шөлкемлестириўде Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы менен өз-ара бирге ислесиў жолға қойылсын.
8. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 23-февральдағы «2018-жылға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара төлемлердиң ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 126-санлы қарары өз күшин жоғалтқан деп табылсын.
9. Бул қарар белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң вэб-сайтына жайластырылсын ҳәм “Еркин Қарақалпақстан” ҳәм «Вести Каракалпакстан» газеталарында рәсмий жәриялансын.
10. Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Хабибуллаевқа жүклетилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы |
Қ.Сариев
|
|
Министрлер Кеңесиниң ____жылдың «___» ____________ _________ - санлы қарарына 1-қосымша |
Қарақалпақстан Республикасында көшпес мәмлекетлик мүлклерден пайдаланғанлығы ушын 2019-жылда 1 кв. метрге қолланылатуғын ижара төлемлериниң ең кем ставкалары (Нөкис қаласы бойынша)
Қ/с |
Ижараға алынған майданды пайдаланыў хызмет түри |
1 кв м. ушын жыллық ең кем ставкасы (сум) |
|
Санаат |
|||
1 |
Жанар май санааты |
5 600 |
|
2 |
Химия санааты |
5 600 |
|
3 |
Нефть-химия санааты |
5 600 |
|
4 |
Машина қурылысы |
5 600 |
|
5 |
Әспаб-үскене ҳәм станок қурылысы санааты |
5 600 |
|
6 |
Есаплаў техникаларын ислеп шығарыў санааты |
5 600 |
|
7 |
Трактор ҳәм аўыл хожалық машиналары қурылысы |
4 600 |
|
8 |
Қурылыс, жол ҳәм коммунал машиналарын ислеп шығарыў қурылысы |
4 600 |
|
9 |
Жеңил, азық-аўқат ҳәм турмыс приборлары ушын машина ислеп шығарыў |
4 600 |
|
10 |
Санитария-техникалық ҳәм газ үскенелери ҳәм де буйымларын ислеп шығарыў |
5 600 |
|
11 |
Металлоконструкция ҳәм буйымларын ислеп шығарыў санааты |
5 600 |
|
12 |
Машина ҳәм үскенелерди оңлаў |
5 600 |
|
13 |
Машина қурылысының басқа тараўлары |
5 600 |
|
Тоғай, ағашты қайта ислеп шығарыў ҳәм целлюлоза-қағаз санааты |
|||
14 |
Ағаш таярлаў санааты |
5 600 |
|
15 |
Ағашты қайта ислеў санааты |
5 600 |
|
16 |
Целлюлоза-қағаз санааты |
5 600 |
|
17 |
Мебел, рам ҳәм қапы ислеп шығарыў (ағаштан) |
16 800 |
|
18 |
Қурылыс материалларын ислеп шығарыў санааты |
5 600 |
|
Жеңил санаат |
|||
19 |
Тоқымашылық санааты |
5 600 |
|
20 |
Тигиў санааты |
5 600 |
|
21 |
Тери, жүн ҳәм аяқ кийим санааты |
5 600 |
|
22 |
Жеңил санааттың басқа түрлери |
5 600 |
|
Азық аўқат санааты |
|||
23 |
Азық-аўқат санааты (балық, гөш, май-сыр ҳәм сүт санаатынан басқа) |
5 600 |
|
24 |
Гөш ҳәм сүт санааты |
5 600 |
|
25 |
Балық санааты |
5 600 |
|
26 |
Ун-жарма санааты |
5 600 |
|
27 |
Комбикорм (аралас азық) ислеп шығарыў санааты. |
4 600 |
|
28 |
Азық-аўқат санааттың басқа түрлери |
5 600 |
|
Санааттың басқа тармақлары |
|||
29 |
Медицина санааты |
5 600 |
|
30 |
Баспа санааты |
15 700 |
|
31 |
Кийим-кеншек ҳәм гезлемеден таярланған буйымларды химиялық тазалаў, бояў, жуўыў ҳәм оларға ислеў бериў |
6 800 |
|
32 |
Санаатты хожалық усылда басқарыў |
15 700 |
|
Аўыл хожалығы |
|||
33 |
Өсимликлер өсириў (соның ишинде теплица хожалығы) 1 га |
2 239 600 |
|
34 |
Шарўашылық ҳәм қус өсириў |
2 700 |
|
35 |
Балық өсириў (соның ишинде өршитиў орны хожалығы) 1 га |
2 239 600 |
|
36 |
Пал ҳәррешилик 1 га |
1 456 000 |
|
37 |
Ветеринария хызмети |
5 600 |
|
38 |
Аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши басқа кәрханалар |
5 600 |
|
39 |
Тоғай хожалығы (соның ишинде бағ) 1 га |
2 239 600 |
|
Транспорт ҳәм байланыс |
|||
40 |
Улыўма пайдаланатуғын жер үсти темир жол транспорты |
5 600 |
|
41 |
Транспорт инфрадузилмелери (автобус парки, такси парки, автомобиль тоқтаў орны, гаражлар ҳәм автомобиль жуўыў орынлары) |
5 600 |
|
42 |
Транспорт инфрадүзилмеси (жәрийма майданшалары) |
1 400 |
|
43 |
Автомобиль жуўыў орынлары |
18 000 |
|
44 |
Автомобиллерге жанар май қуйыў шахабшасы |
18 000 |
|
45 |
Халықтың талабы бойынша жүклерди тасыў ҳәм басқа транспорт хызметин көрсетиў |
10 100 |
|
46 |
Почта байланысы |
5 600 |
|
47 |
Курьер хызмети |
11 200 |
|
48 |
Электро-өткизиўши байланыс |
11 200 |
|
49 |
Электор, радио, сотовый (уялы) ҳәм пейджинг байланыслары (Периметр бойынша тартылған, қурылмалар ҳәм техникалық аймақлар қосылған халда) |
47 100 |
|
Қурылыс |
|||
50 |
Қурылыс |
5 600 |
|
51 |
Жойбарлаў, жойбарлаў-изертлеў шөлкемлери |
5 600 |
|
52 |
Пластик айна ҳәм қапылар, мебеллер ислеп шығарыў |
33 000 |
|
Саўда ҳәм улыўма аўқатланыў |
|||
53 |
Көтере саўда |
15 700 |
|
54 |
Көтере саўда базары |
40 300 |
|
55 |
Усақлап сатыў |
15 700 |
|
56 |
Улыўма аўқатланыў |
15 700 |
|
57 |
Ярым таяр өнимлерин таярлаў ҳәм сатыў (фаст фуд) |
24 600 |
|
58 |
Китап дүканлары |
2 200 |
|
59 |
Прокатка мәдений турмыс обьектлерин тапсырыў |
15 700 |
|
60 |
Халық тутыныў товарларын алып сатыўда брокер хызмети |
24 600 |
|
61 |
Материал-техникалық буйымлар менен тәмийинлеў ҳәм сатыў |
15 700 |
|
62 |
Информациялық-есаплаў хызмети |
15 700 |
|
63 |
Интернет ҳәм компьютер тармақлары арқалы хызмет көрсетиў |
15 700 |
|
64 |
Көшпес мүлклер бойынша операциялар |
15 700 |
|
65 |
Реклама ҳәм ўәкиллик хызмети |
15 700 |
|
66 |
Маркетинг изертлеў, финанс-басқарыў ҳәм коммерциялық хызметлер бойынша консультация бериў |
15 500 |
|
67 |
Геологиялық геодезиялық ҳәм гидрометеорологиялық хызмет |
28 000 |
|
68 |
Баспахана ҳәм редакция жумыслары |
9 000 |
|
69 |
Металл сынықларын ҳәм шығындыларды жыйнап таярлаў шөлкемлери |
9 000 |
|
70 |
Турақ жай коммунал хожалығы (ТСЖ объектлери) |
9 000 |
|
71 |
Мийманхана |
17 900 |
|
72 |
Жатақхана |
14 000 |
|
73 |
Халыққа ислеп шығарыўға тийисли емес болған турмыс хызметин көрсетиў |
9 000 |
|
74 |
Шаштәрезхана, фотосалон, аяқ кийим устаханасы ҳәм кийим-кеншек тигиў цехи |
13 500 |
|
75 |
Ломбард |
20 300 |
|
76 |
Монша |
27 000 |
|
77 |
Сауна ҳәм бассейнлер |
53 800 |
|
Ден-саўлықты сақлаў, дене тәрбия ҳәм социаллық тәмийинат |
|||
78 |
Ден саўлықты сақлаў |
11 200 |
|
79 |
Туризм ҳәм дем алыў |
11 200 |
|
80 |
Фитобар |
7 800 |
|
81 |
Дем алыў ҳәм ойын күлги дәстүрлерин шөлкемлестириў (бильярд, ойын автоматлары, дискотекалар ҳәм т.б.) |
17 900 |
|
82 |
Физкультура (дене тәрбия) ҳәм спорт* |
5 600 |
|
83 |
Дәрихана шөлкемлери, оптика ҳәм медицина үскенелерин сатыў дүканлары |
9 000 |
|
84 |
Оптика ҳәм медицина үскенелерин сатыў дүканлары |
18 900 |
|
85 |
Социал-дәриханалық шөлкемлер |
8 000 |
|
Билимлендириў |
|||
86 |
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимге ийе кадрларды таярлаў (соның ишинде оқыў курслары) |
9 000 |
|
87 |
Исшилердиң ҳәм басқа қәнийгелердиң тәжрийбесин асырыў |
7 000 |
|
88 |
Улыўма билим бериўши балалар мектеплери (мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын) |
4 600 |
|
89 |
Оқыў орынларында улыўма аўқатланыў (асхана, зал ҳәм жәрдемши ханалар) |
5 600 |
|
90 |
Оқыўға шекемги тәрбия шөлкемлери (мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын) |
4 000 |
|
91 |
Мәденият ҳәм көркем өнер |
15 700 |
|
92 |
Көргизбелер |
12 100 |
|
93 |
Мектептен тысқары тарбиялаў |
4 600 |
|
94 |
Мәдений парк ҳәм дем алыў |
11 200 |
|
95 |
Зоопарк ҳәм ботаника парки |
11 200 |
|
96 |
Радио еситтириў ҳәм телевидение редакциялары |
11 200 |
|
97 |
Сес жазыў студиясы ҳәм киностудиялар |
17 900 |
|
98 |
Илим ҳәм илимий хызмет көрсетиў |
6 800 |
|
99 |
Автомектеплер |
10 000 |
|
Финанс-кредит хызмети |
|||
100 |
Финанс, кредит (қамсызландырыў ҳәм аудитор хызметинен тысқары), пенсия тәмийинаты |
15 700 |
|
101 |
Аудиторлық хызмети |
15 700 |
|
102 |
Банк хызмети |
15 700 |
|
Басқа хызмет түрлери |
|||
103 |
Қамсызландырыў |
15 700 |
|
104 |
Суд ҳәм юридикалық хызметлер |
13 500 |
|
105 |
Адвокатлар коллегиялары ҳәм юридикалық консультациялары |
13 500 |
|
106 |
Жәмийетлик шөлкемлер |
4 600 |
|
107 |
Амбарханалар (склад) |
15 700 |
|
108 |
Мәмлекетлик шөлкемлер ушын офислер |
6 800 |
|
109 |
Жеке меншик шөлкемлер ушын офис |
24 600 |
|
110 |
Архив хызметлери |
6 800 |
|
111 |
Жеңил автомобиль ҳәм басқа транспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў (соның ишинде вулканизация) |
17 900 |
|
112 |
Лабороториялар |
11 200 |
|
113 |
Ҳәр түрли хызметлерге төлемлер (пайнет) |
45 000 |
|
114 |
Мәдений мийрас Имәратлары ҳәм қурылмаларындағы объектлериндеги саўда хызмети |
24 600 |
|
115 |
Мәдений мийрас Имәратлары ҳәм қурылмаларындағы объектлериндеги улыўма аўқатланыў |
21 500 |
|
116 |
Авиа касса (соның ишинде темиржол, автотранспорт ҳәм т.б.) |
24 600 |
|
117 |
Банкомат |
224 400 |
|
118 |
Нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў(кондитерлик өнимлер: торт,пирожный х.т.б.) |
15 700 |
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 30-июньдағы 07/10-41-санлы мәжлис баянының 11-бәнтине муўапық, барлық түрдеги меншик дәрихана кәрханаларының аўыллық шыпакерлик пунктлеринде (АШП) ҳәрекет етип турған филиалларына ижара төлеминиң «ноль» баҳасы қолланылады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 22-ноябрдеги 02/1-74-санлы тапсырмасына муўапық, жабық әскерий қалашалар ҳәм алыс жерде жайласқан горнизонлардағы хызмет етиўши Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине қараслы саўда шақапшалары ушын мәмлекетлик мүлклерди ижараға алыўда ижара төлеминиң «ноль» баҳасы қолланылады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014 жыл 24-июлдағы 02/107-2670-санлы тапсырмасына муўапық, Партияның баланс есабында болған мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланғанлығы ушын «Тадбиркорлар ва ишбилармонлар ҳаракати» Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадарья, Наўайы, Ферғана, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы (соның ишинде Мирабад районы) Кеңеслерине, ҳәмде «ХХI asr» социал-сиясий газетасы редакциясына ижара төлемлери 2014-жылдың 1-августинен баслап «ноллик» ставкада белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 16-октябрьдеги «Жаслар исбилерменлик кластерлерин шөлкемлестириўге байланыслы шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 834-санлы қарарына тийкар, Еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймағында жайласқан мәмлекетлик мүлклер Өзбекстан жаслар аўқамы ағзасы болған жас исбилерменлерге Өзбекстан жаслар аўқамының қала ҳәм районлық кеңеслериниң өтинишине муўапық 5 жылдан көп болмаған мүддетке ижара ҳақының «ноль» ставкасы бойынша бериледи.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабиңетиниң 2017-жыл 16-августтағы 14/1-1959-санлы тапсырмасына тийкар, 2018-жылдан баслап Олимпия ойынлары жеңимпазлары ҳәм утыслы орын ийелерине Өзбекстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң усынысы тийкарында жеке меншик спорт жәмийетлерин шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик мүлклер, сондай-ақ халықтың тығыз жайласқан аймақларынан жер участкалары ижара ҳақының «ноль» баҳасында, спорт ҳәрекетин сақлаў шәрти менен бериледи.
- Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 1-август 2018-жылғы 609-20-санлы қарарына муўапық, қорғаныў министрлиги қарамағындағы Имәрат-қурылмалар, тийкарғы қураллар ҳәм басқа мал-мүлклерди министрликтиң қарамағындағы шөлкемлерге ижара шәртнамасы тийкарында берилиўинде ижара төлеминиң «ноль» ставкасы белгиленсин.
Еслетпе: Коммуналлық хызметлер ушын төлемлер, объектлерди қорғаў, жер салығы ҳәм қосымша салық төлемлери (ҚСТ) ижара төлемлериниң қурамына кирмейди.
|
Министрлер Кеңесиниң _______жылдың «___» ____________ _________ - санлы қарарына 2-қосымша |
Қарақалпақстан Республикасында көшпес мәмлекетлик мүлклерден пайдаланғанлығы ушын 2019-жылда 1 кв. метрге қолланылатуғын ижара төлемлериниң ең кем ставкалары (районлар бойынша)
Қ/с |
Ижараға алынған майданды пайдаланыў хызмет түри |
1 кв м. ушын жыллық ең кем ставкасы (сум) |
|
Санаат |
|||
1 |
Жанар май санааты |
4 900 |
|
2 |
Химия санааты |
4 900 |
|
3 |
Нефть-химия санааты |
4 900 |
|
4 |
Машина қурылысы |
4 900 |
|
5 |
Әспаб-үскене ҳәм станок қурылысы санааты |
4 900 |
|
6 |
Есаплаў техникаларын ислеп шығарыў санааты |
4 900 |
|
7 |
Трактор ҳәм аўыл хожалық машиналары қурылысы |
4 000 |
|
8 |
Қурылыс, жол ҳәм коммунал машиналарын ислеп шығарыў қурылысы |
4 000 |
|
9 |
Жеңил, азық-аўқат ҳәм турмыс приборлары ушын машина ислеп шығарыў |
4 000 |
|
10 |
Санитария-техникалық ҳәм газ үскенелери ҳәм де буйымларын ислеп шығарыў |
4 900 |
|
11 |
Металлоконструкция ҳәм буйымларын ислеп шығарыў санааты |
4 900 |
|
12 |
Машина ҳәм үскенелерди оңлаў |
4 900 |
|
13 |
Машина қурылысының басқа тараўлары |
4 900 |
|
Тоғай, ағашты қайта ислеп шығарыў ҳәм целлюлоза-қағаз санааты |
|||
14 |
Ағаш таярлаў санааты |
4 900 |
|
15 |
Ағашты қайта ислеў санааты |
4 900 |
|
16 |
Целлюлоза-қағаз санааты |
4 900 |
|
17 |
Қурылыс материалларын ислеп шығарыў санааты |
4 900 |
|
Жеңил санаат |
|||
18 |
Тоқымашылық санааты |
4 900 |
|
19 |
Тигиў санааты |
4 900 |
|
20 |
Тери, жүн ҳәм аяқ кийим санааты |
4 900 |
|
21 |
Пластик айна ҳәм қапылар, мебеллер ислеп шығарыў |
14 800 |
|
22 |
Жеңил санааттың басқа түрлери |
4 900 |
|
Азық аўқат санааты |
|||
23 |
Азық-аўқат санааты (балық, гөш, май-сыр ҳәм сүт санаатынан басқа) |
4 900 |
|
24 |
Гөш ҳәм сүт санааты |
4 900 |
|
25 |
Балық санааты |
4 900 |
|
26 |
Ун-жарма санааты |
4 900 |
|
27 |
Комбикорм (аралас азық) ислеп шығарыў санааты. |
4 000 |
|
28 |
Азық-аўқат санааттың басқа түрлери |
4 900 |
|
Санааттың басқа тармақлары |
|||
29 |
Медицина санааты |
4 900 |
|
30 |
Баспа санааты |
13 900 |
|
31 |
Кийим-кеншек ҳәм гезлемеден таярланған буйымларды химиялық тазалаў, бояў, жуўыў ҳәм оларға ислеў бериў |
5 900 |
|
32 |
Санаатты хожалық усылда басқарыў |
13 900 |
|
Аўыл хожалығы |
|||
33 |
Өсимликлер өсириў (соның ишинде теплица хожалығы) 1 га |
1 975 200 |
|
34 |
Шарўашылық ҳәм қус өсириў |
2 400 |
|
35 |
Балық өсириў (соның ишинде өршитиў орны хожалығы) 1 га |
1 975 200 |
|
36 |
Пал ҳәррешилик 1 га |
1 284 000 |
|
37 |
Ветеринария хызмети |
4 900 |
|
38 |
Аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши басқа кәрханалар |
4 900 |
|
39 |
Тоғай хожалығы (соның ишинде бағ) 1 га |
1 975 200 |
|
Транспорт ҳәм байланыс |
|||
40 |
Улыўма пайдаланатуғын жер үсти темир жол транспорты |
4 900 |
|
41 |
Транспорт инфрадузилмелери (автобус парки, такси парки, автомобиль тоқтаў орны, гаражлар ҳәм автомобиль жуўыў орынлары) |
4 900 |
|
42 |
Транспорт инфрадүзилмеси (жәрийма майданшалары) |
1 300 |
|
43 |
Автомобиль жуўыў орынлары |
14 000 |
|
44 |
Автомобиллерге жанар май қуйыў шахабшасы |
18 000 |
|
45 |
Халықтың талабы бойынша жүклерди тасыў ҳәм басқа транспорт хызметин көрсетиў |
9 000 |
|
46 |
Почта байланысы |
4 900 |
|
47 |
Курьер хызмети |
9 800 |
|
48 |
Электро-өткизиўши байланыс |
9 800 |
|
49 |
Электор, радио, сотовый (уялы) ҳәм пейджинг байланыслары (Периметр бойынша тартылған, қурылмалар ҳәм техникалық аймақлар қосылған халда) |
41 500 |
|
Қурылыс |
|||
50 |
Қурылыс |
4 900 |
|
51 |
Жойбарлаў, жойбарлаў-изертлеў шөлкемлери |
4 900 |
|
52 |
Пластик айна ҳәм қапылар, мебеллер ислеп шығарыў |
27 000 |
|
Саўда ҳәм улыўма аўқатланыў |
|||
53 |
Көтере саўда |
13 900 |
|
54 |
Көтере саўда базары |
35 500 |
|
55 |
Усақлап сатыў |
13 900 |
|
56 |
Улыўма аўқатланыў |
13 900 |
|
57 |
Ярым таяр өнимлерин таярлаў ҳәм сатыў (фаст фуд) |
20 000 |
|
58 |
Китап дүканлары |
2 000 |
|
59 |
Прокатка мәдений турмыс обьектлерин тапсырыў |
13 900 |
|
60 |
Халық тутыныў товарларын алып сатыўда брокер хызмети |
21 700 |
|
61 |
Материал-техникалық буйымлар менен тәмийинлеў ҳәм сатыў |
13 900 |
|
62 |
Информациялық-есаплаў хызмети |
13 900 |
|
63 |
Интернет ҳәм компьютер тармақлары арқалы хызмет көрсетиў |
13 900 |
|
64 |
Көшпес мүлклер бойынша операциялар |
13 900 |
|
65 |
Реклама ҳәм ўәкиллик хызмети |
13 900 |
|
66 |
Маркетинг изертлеў, финанс-басқарыў ҳәм коммерциялық хызметлер бойынша консультация бериў |
13 900 |
|
67 |
Геологиялық геодезиялық ҳәм гидрометеорологиялық хызмет |
24 600 |
|
68 |
Баспахана ҳәм редакция жумыслары |
7 900 |
|
69 |
Металл сынықларын ҳәм шығындыларды жыйнап таярлаў шөлкемлери |
7 900 |
|
70 |
Турақ жай коммунал хожалығы (ТСЖ объектлери) |
7 900 |
|
71 |
Мийманхана |
15 800 |
|
72 |
Жатақхана |
12 000 |
|
73 |
Халыққа ислеп шығарыўға тийисли емес болған турмыс хызметин көрсетиў |
7 900 |
|
74 |
Шаштәрезхана, фотосалон, аяқ кийим устаханасы ҳәм кийим-кеншек тигиў цехи |
12 000 |
|
75 |
Ломбард |
17 900 |
|
76 |
Монша |
23 800 |
|
77 |
Сауна ҳәм бассейнлер |
47 500 |
|
Ден-саўлықты сақлаў, дене тәрбия ҳәм социаллық тәмийинат |
|||
78 |
Ден саўлықты сақлаў |
9 800 |
|
79 |
Туризм ҳәм дем алыў |
9 800 |
|
80 |
Фитобар |
6 800 |
|
81 |
Дем алыў ҳәм ойын күлги дәстүрлерин шөлкемлестириў (бильярд, ойын автоматлары, дискотекалар ҳәм т.б.) |
15 800 |
|
82 |
Физкультура (дене тәрбия) ҳәм спорт* |
4 900 |
|
83 |
Дәрихана шөлкемлери, оптика ҳәм медицина үскенелерин сатыў дүканлары |
7 900 |
|
84 |
Оптика ҳәм медицина үскенелерин сатыў дүканлары |
14 500 |
|
85 |
Социал-дәриханалық шөлкемлер |
7 400 |
|
Билимлендириў |
|||
86 |
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимге ийе кадрларды таярлаў (соның ишинде оқыў курслары) |
7 900 |
|
87 |
Исшилердиң ҳәм басқа қәнийгелердиң тәжрийбесин асырыў |
6 500 |
|
88 |
Улыўма билим бериўши балалар мектеплери (мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын) |
4 000 |
|
89 |
Оқыў орынларында улыўма аўқатланыў (асхана, зал ҳәм жәрдемши ханалар) |
4 900 |
|
90 |
Оқыўға шекемги тәрбия шөлкемлери (мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын) |
3 700 |
|
91 |
Мәденият ҳәм көркем өнер |
13 900 |
|
92 |
Көргизбелер |
11 200 |
|
93 |
Мектептен тысқары тарбиялаў |
4 000 |
|
94 |
Мәдений парк ҳәм дем алыў |
9 800 |
|
95 |
Зоопарк ҳәм ботаника парки |
9 800 |
|
96 |
Радио еситтириў ҳәм телевидение редакциялары |
9 800 |
|
97 |
Сес жазыў студиясы ҳәм киностудиялар |
15 800 |
|
98 |
Илим ҳәм илимий хызмет көрсетиў |
5 900 |
|
99 |
Автомектеплер |
7 000 |
|
Финанс-кредит хызмети |
|||
100 |
Финанс, кредит (қамсызландырыў ҳәм аудитор хызметинен тысқары), пенсия тәмийинаты |
13 900 |
|
101 |
Аудиторлық хызмети |
13 000 |
|
102 |
Банк хызмети |
13 900 |
|
Басқа хызмет түрлери |
|||
103 |
Қамсызландырыў |
13 900 |
|
104 |
Суд ҳәм юридикалық хызметлер |
12 000 |
|
105 |
Адвокатлар коллегиялары ҳәм юридикалық консультациялары |
12 000 |
|
106 |
Жәмийетлик шөлкемлер |
3 900 |
|
107 |
Амбарханалар (склад) |
13 900 |
|
108 |
Мәмлекетлик шөлкемлер ушын офислер |
5 900 |
|
109 |
Жеке меншик шөлкемлер ушын офис |
21 700 |
|
110 |
Архив хызметлери |
5 000 |
|
111 |
Жеңил автомобиль ҳәм басқа транспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў (соның ишинде вулканизация) |
15 800 |
|
112 |
Лабороториялар |
9 800 |
|
113 |
Ҳәр түрли хызметлерге төлемлер (пайнет) |
39 600 |
|
114 |
Мәдений мийрас Имәратлары ҳәм қурылмаларындағы объектлериндеги саўда хызмети |
21 700 |
|
115 |
Мәдений мийрас Имәратлары ҳәм қурылмаларындағы объектлериндеги улыўма аўқатланыў |
19 000 |
|
116 |
Авиа касса (соның ишинде темиржол, автотранспорт ҳәм т.б.) |
21 700 |
|
117 |
Банкомат |
197 700 |
|
118 |
Нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў(кондитерлик өнимлер: торт,пирожный х.т.б.) |
13 900 |
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 30-июньдағы 07/10-41-санлы мәжлис баянының 11-бәнтине муўапық, барлық түрдеги меншик дәрихана кәрханаларының аўыллық шыпакерлик пунктлеринде (АШП) ҳәрекет етип турған филиалларына ижара төлеминиң «нол» баҳасы қолланылады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 22-ноябрьдеги 02/1-74-санлы тапсырмасына муўапық, жабық әскерий қалашалар ҳәм алыс жерде жайласқан горнизонлардағы хызмет етиўши Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине қараслы саўда шақапшалары ушын мәмлекетлик мүлклерди ижараға алыўда ижара төлеминиң «нол» баҳасы қолланылады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014 жыл 24-июльдағы 02/107-2670-санлы тапсырмасына муўапық, Партияның баланс есабында болған мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланғанлығы ушын «Тадбиркорлар ва ишбилармонлар ҳаракати» Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадарья, Науайы, Фергана, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы (соның ишинде Мирабад районы) Кеңеслерине, ҳәмде «ХХI asr» социал-сиясий газетасы редакциясына ижара төлемлери 2014-жылдың 1-августинен баслап «ноллик» ставкада белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 16-октябрдеги «Жаслар исбилерменлик кластерлерин шөлкемлестириўге байланыслы шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 834-санлы қарарына тийкар, Еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймағында жайласқан мәмлекетлик мүлклер Өзбекстан жаслар аўқамы ағзасы болған жас исбилерменлерге Өзбекстан жаслар аўқамының қала ҳәм районлық кеңеслериниң өтинишине муўапық 5 жылдан көп болмаған мүддетке ижара ҳақының «нол» ставкасы бойынша бериледи.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабиңетиниң 2017-жыл 16-августтағы 14/1-1959-санлы тапсырмасына тийкар, 2018-жылдан баслап Олимпия ойынлары жеңимпазлары ҳәм призли орын ийелерине Өзбекстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң усынысы тийкарында жеке меншик спорт жәмийетлерин шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик мүлклер, сондай-ақ халықтың тығыз жайласқан аймақларынан жер участкалары ижара ҳақының «ноль» баҳасында, спорт ҳәрекетин сақлаў шәрти менен бериледи.
- Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 01.08.2018-жылғы 609-20-санлы қарарына муўапық, қорғаныў министрлиги қарамағындағы Имәрат-қурылмалар, тийкарғы қураллар ҳәм басқа мал-мүлклерди министрликтиң қарамағындағы шөлкемлерге ижара шәртнамасы тийкарында берилиўинде ижара төлеминиң «ноль» ставкасы белгиленсин.
Еслетпе: Коммуналлық хызметлер ушын төлемлер, объектлерди корғаў, жер салығы ҳәм қосымша салық төлемлери (ҚСТ) ижара төлемлериниң қурамына кирмейди.
|
Министрлер Кеңесиниң ____жылдың «___» ____________ _________ - санлы қарарына 3-қосымша |
Ижараға берилетуғын имәратларды ижараға бериўде аймақлық зоналарды есапқа алыў, пайдаланыў қолайлықлары, қоңсылас аймақтан пайдаланыў, қурылыс түрлерине қарап, тийкарғы қураллардың өсиўши коэффициентлери ҳәмде келип түскен ижара төлемелерин бөлистириў тәртиби (радио, уялы ҳәм пейджинг байланыс антенналары ҳәм техник үскенелеринен тысқары)
Ижара төлемлерин есаплаў ҳәм өсиўши коэффициентлер төмендеги формулаға муўапық есапланады:
Qс = Мс х Кз х (Кс + Кт +Ку)
Qс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 м.кв. ушын таяныш ставкасы
Мс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 м.кв. ушын ең кем ставкасы
Кз – аймақлық зоналарын есапқа алыў коэффициенти
Кс – қурылыс түрине қарап коэффициент (бөлек жайласқан Имәрат, Имәратқа қосып қурылған, Имәраттың төбеси, чердак, ярым жер төле, жер төле)
Кт – қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициенти
Ку - пайдаланыў қолайлықлары (бас автотранспорт жолының бойында жайласқан, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) коэффициенти.
Ставка Мс 2019-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги 2936/02-17-1-санлы усынысы, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2018-жыл 13-декабрдеги АХ/08-01-32-/3964-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги ММ-3-0/142-санлы келисимине муўапық ижара төлеминиң ең кем ставкасы базасынан алынды.
Қ/с |
Аймақлық зоналар |
Өсиўши коэффициент |
1. |
Нөкис қаласы |
2,3 |
2. |
Қоңырат районы |
2,0 |
3. |
Хожели районы |
2,0 |
4. |
Қанлыкөл районы |
1,8 |
5. |
Шоманай районы |
1,8 |
6. |
Төрткүль районы |
2,0 |
7. |
Беруний районы |
2,0 |
8. |
Елликқала районы |
2,0 |
9. |
Әмиўдәрья районы |
2,0 |
10. |
Нөкис районы |
1,9 |
11. |
Кегейли районы |
1,8 |
12. |
Шымбай районы |
2,0 |
13. |
Қараөзек районы |
1,8 |
14. |
Тахтакөпир районы |
1,8 |
15. |
Мойнақ районы |
1,8 |
16. |
Тақыятас районы |
2,0 |
Қ/с |
Имәрат яки қурылыс |
Коэффициент |
1. |
Бөлек жайласқан Имәрат, қурылма |
2,0 |
2. |
Имәрат ишинде жайласқан хана ямаса қосып салынған имәрат |
1,5 |
3. |
Имәраттың жоқарғы тәрепи |
1,2 |
4. |
Чердак, мансарда |
1,2 |
5 |
Жер төле (подвал), ярым жер төле |
1,0 |
Жер участкасы бар болғанда – 1,0;
Нөкис қаласы ушын – 1,2;
Бас автомобиль жоллары бойында ҳәм районларда жайласқан – 1,0;
5. Келип түскен ижара төлемлерин бөлистириў тәртиби:
Мәмлекет ийелигинде болған пайдаланбай бос турған имәратлар (объектлер, қурылмалар, майданшалар, тийкарғы қураллар, автотранспорт ҳәм т.б) бойынша ижара шәртнамалары Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы мәмлекетлик унитар кәрханасы арқалы дүзилип, келип түскен ижара төлемлериниң 25% жергиликли бюджетке ҳәм Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң бюджеттен тысқары фондына 25 %, 40% баланста сақлаўшыға ҳәм 10% ижара орайына бөлистириледи.
|
Министрлер Кеңесиниң ____жылдың «___» ____________ _________ - санлы қарарына 4-қосымша |
Имәрат ҳәм қурылмаларға қосып салынған, сондай-ақ бөлек ажыратылған майданларда (асфальтланған, бетонластырылған аймақларда, фундаментке ҳәм т.б. қурылмаларға) аймақлық зоналарды есапқа алыў, пайдаланыў қолайлықлары, қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициентлери ҳәм радио, уялы ҳәмде пейдженг байланыс антенналары орнатылғанда пайдаланылатуғын майдан ушын ижара ҳақы төлемлери есапланыў тәртиби
1 – Имәрат ҳәм қурылмалардың жоқарғы тәрепи, чердак, болохона (сондай-ақ мәмлекет мүлки болған қурылмалардың жоқарғы тәрепи) бөлимлеринде орнатылғанда:
Qс = Мс * Кз * (Кс+Кт+Ку).
Qс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 кв.м. ушын таяныш ставкасы.
Мс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 кв.м. ушын ең кем ставкасы.
Кз – аймақлық зоналарын есапқа алыў коэффициенти. – 2,3
Кс – қурылыс түрине қарап коэффициент (бөлек жайласқан Имәрат, Имәратқа қосып қурылған, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) – 1,2
Кт – қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициенти – 0,0
Ку – пайдаланыў қолайлықлары (бас автотранспорт жолының бойында жайласқан, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) коэффициенти. – 1,0
2 – Имәрат ҳәм қурылмаларға қосып салынған, сондай-ақ арнаўлы ажыратылған майданларға (асфалтланған, бетонластырылған, фундаментке ҳәм т.б. қурылмаларға) орнатылғанда:
Qс = Мс * Кз * (Кс+Кт+Ку).
Qс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 кв.м. ушын таяныш ставкасы.
Мс – ижара төлеминиө 1 жылға 1 кв.м. ушын ең кем ставкасы.
Кз – аймақлық зоналарын есапқа алыў коэффициенти. – 2,3
Кс – қурылыс түрине қарап коэффициент (асфалтланған, бетонластырылған, фундаментке ҳәм т.б. қурылмаларға орнатылғанда)
– 2,0
Кт – қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициенти. – 0,0
(қоңсылас аймақтан пайдаланған жағдайда коэффициент ) – 1,2
Ку – пайдаланыў қолайлықлары (бас автотранспорт жолының бойында жайласқан, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) коэффициенти. – 1,0
3 – Имәрат ҳәм қурылмалардың ишки бөлиминде жайласқан ханаларға техник үскенелери орнатылғанда:
Qс = Мс * Кз * (Кс+Кт+Ку).
Qс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 кв.м. ушын таяныш ставкасы.
Мс – ижара төлеминиң 1 жылға 1 кв.м. ушын ең кем ставкасы.
Кз – аймақлық зоналарын есапқа алық коэффициенти – 2,3
Кс – қурылыс түрине қарап коэффициент (бөлек жайласқан Имәрат, Имәратқа қосып қурылған, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) – 1,5
Кт – қоңсылас аймақтан пайдаланыў коэффициенти – 0,0
Ку – пайдаланыў қолайлықлары (бас автотранспорт жолының бойында жайласқан, екинши дәрежели жол бойында жайласқан ҳәм т.б.) коэффициенти. – 1,0