ID | Muallif | Muhokamaga chiqarish sanasi | Yakunlanish sanasi | Takliflar soni |
---|---|---|---|---|
2088 | Хокимият Ходжейлийского района | 24/01/2019 | 08/02/2019 | 0 |
Muhokama yakunlandi
ЖОЙБАР
ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИҢ ШЕШИМИ
«___»-_______ 2019-жыл Хожели районы
Хожели районындағы аўыл хожалық ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техникалық көриктен өткериў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-майдағы «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы жумысларын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3699-санлы қарарының 4-қосымшасы менен тастыйықланған «Аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техник көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, райондағы аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин жыллық техник көриктен өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы «Жергиликли ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамның (Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Хабарнамасы, 1993-жыл, 9-сан, 320-статья) 6,25-статьяларына тийкарланып
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н:
1.Хожели районындағы 2019-жылда аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техник көриктен өткериў жумыслары режеси 1-қосымшасына, аўыл хожалығы ҳәм мелоратив техниканы, машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техник көриктен өткериў бойынша район комиссиясы тәртиби 2-қосымшасына муўапық тастыйықлансын.
2.Район Аўыл хожалығы бөлими (А.Кудайбергенов), Бас прокуратура жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы бөлими менен биргеликте:
техникаға мүлк ҳуқықы тийкарында ийе шахслар (мүлк ийеси) не техникаларды техник көриктен өткериў ҳаққындағы билдиргини техник көриктен өткериў күнинен кеминде отыз күн алдын жибериў:
техник көриктен өтпеген ямаса техник көрикке усыныс етилмеген техникалар ҳаққында мүлк ийесине жазба көрсетпе бериў:
мүлк ийеси көрсетпеде белгиленген мүддетте техниканы қайта техник көриктен өткерилмеген жағдайда аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техника, әсбап-үскенелеринен пайдаланыў, сақлаў, есаптан шығарыў, оңлаў, техника хызметлерин көрсетиў жағдайлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тийисли шараларын көриў ушын район ҳәкимлигине жибериў:
техник көриктен өткерилгенлиги ушын түсим өндирилиўинде Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-майдағы Ɵзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы жумысларын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында» ғы ПҚ-3699-санлы қарарының 4-қосымшасы менен тастыйықланған «Аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техник көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген муғдарларға бойсыныўы тапсырылсын.
3. Бул шешим районлық «Хожели ҳақыйқаты» газетасында рәсмий жәриялаў, ҳәм район ҳәкиминиң рәсмий веб-сайтына жайластырылсын.
4. Усы шешимниң орынланыўын өз қадағалаўымда қалдыраман.
5. Усы шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев